Бүгин, Нөкис район ҳǝкими З.Зайтов бир қатар район белсендилери менен биргеликте «9-май – Еслеў ҳǝм қǝдирлеў күни” мүнǝсебети менен Екинши жәҳән урысында фронт артында мийнет еткен ветеранлар ҳәм нураныйлардың ҳалынан хабар алып, оларға байрам саўғалары тапсырылды.
«Дийқан арна» мǝкан пуқаралар жыйыны турғыны, 1927-жыл туўылған жасы үлкен нураный апамыз Байниязова Жумагул көрсетилген бундай итибардан қуўанышқа бөленип, бәршени бүгингидей тыныш ҳәм пәраўан турмыстың қәдирине жетиўге шақырды.




