Қәўендерлик есабынан пуқараларға жәрдем берилди

Мәмлекетимизде  халықтың турмыс дәрежесин және де жақсылаў, әсиресе халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, «Сайхунабад» тәжирийбеси тийкарында  жеке хожалықлардың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, исбилерменликти раўажландырыў  ҳәм өз шаӊарағына дәрамат киргизиў мақсетинде бир қанша илажлар әмелге асырылмақта. Нөкис районы ҳәкими З.Зайтовтыӊ басламасы ҳәм «Миллий банк» АЖ Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығы Қ.Казаков қәўендерлиги менен 1-сектор аймағы болған «Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйынындағы   5 шаӊараққа ылақлы ешки, 4 шаӊараққа тигиў машинасы, 4 шаӊараққа пал ҳәрре қутылары, 2 шаӊараққа таўық, 1 шаӊараққа электр насосы ҳәм 2 шаӊараққа қыйтақ жерлер ушын (биогумус) өними алып берилди.

Skip to content