“Миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик–жәмийет турақлылығы гиреўи”

Елимиздиң ең үлкен байлығы – түрли миллет ҳәм елатлар, диний конфессиялар ўәкиллери арасындағы тынышлық ҳәм татыўлық ҳәм турақлылық, өз ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршиликте болып табылады. Мәмлекетимиздеги тынышлық, бул мәкәнда жасаўшы түрли миллет ўәкиллериниң өз ара дослықта ҳәм татыўлықта жасаўына тийкарланған. Нөкис районында Миллетлерара татыўлық ҳәм өз-ара меҳир-мүриўбет орталығын және де беккемлеў, түрли миллет ўәкиллериниң тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў, раўажландырыў мақсетинде «Үлгили мәкан» мәкан пуқаралар жыйынындағы 19-санлы мектебинде “Өзбекстан улыўма үйимиз”, “Биз бир ел ҳәм бир Ўатан перзентлеримиз!” сүрени астында үгит-нәсият илажи шөлкемлестирилди. Илаж шеңберинде белсене қатнасқан оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналарына район ҳәкимлиги тәрепинен Ҳүрмет жарлықлар тапсырылды.

Skip to content