Мақсет (аты өзгертилген) 2023-жыл 13-февраль күни саат 09:00 лар шамасында өзине тийисли болған “Кобальт” автомашинасын Нөкис қаласы “Абылғази бағбан” көшесинен батыстан шығысқа қарап басқарып киятырғанда биреўди “қағып” аламанаў деген ойында болмады. Күндеги әдети бойынша усы машынның арқасында “қара қазаны”н қайнатыў, және балаларының ырысқысын териў ушын жолға шыққан ол қәпелимде бахытсыз ҳәдийсеге ушырады. Анығырағы Розаны қағып алды. Ақыбетинде Роза «аўыр» дәрежели дене жарақатын алып, емлеўханаға түсти. Солай етип, Мақсет өзиниң жоқарыдағы ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыпланыўшы қатарында иске тартылған. Бул жынаят иси жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды тәрепинен Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетинде ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды. Басшылық етиўши – Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы Р.Бекмуратова, судья жәрдемшиси – И.Маткурбановтыӊ хаткерлигинде, тәреплерден: мәмлекетлик айыплаўшы Нөкис қаласы прокурорыныӊ жәрдемшиси А.Зарипов, жәбирлениўши ҳәм оныӊ нызамлы ўәкили, айыпланыўшы ҳәм оныӊ қорғаўшысы-адвокаты қатнасыўында көрилген суд мәжилисинде айыпланыўшы Мақсет, жәбирлениўши Роза ҳәм оныӊ нызамлы ўәкили судқа арзалары менен мүрәжаат етип, ис бойынша келтирилген материаллық зыян толық қапланғанлығы ҳәм тәреплер өз-ара жарасқанлығы себепли, жынаят исин жарасқанлық мүнәсибети менен өндиристен қысқартыўды сорады. Суд, судланыўшы ҳәм гүўалардың кѳрсетпелерин еситип, жынаят иси ҳүжжетлерин үйренип шығып, исте топланған дәлиллерге баҳа берип, Өзбекстан Республикасы Жынаят процессуал кодексиниң 84-статьясы 4-бөлими, 585-586-статьяларына әмел етип, төмендегише уйғарды: Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты сәдир еткенликте айыпланған Мақсеттиң қарсысына топланған жынаят иси тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Өзбекстан Республикасы Жынаят процессуал кодексиниң 84-статьясы 4-бөлимине тийкар өндиристен қысқартылсын. Жәбирлениўши Роза ҳәм нызамлы ўәкилине усы ис бойынша ис жүритиўди қайта тиклеў бойынша илтимаснама бериў ҳуқықы жоғалғанлығы түсиндирилсин. Уйғарыўға наразы тәреп, уйғарыў шығарылған ўақыттан баслап 20 күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясына апелляциялық тәртипте жеке шағым яки жеке протест келтириўи мүмкин. Суд мәжилиси жуўмақланғаннан соң, судья студентлерге бул уйғарыўдың нызамлы тийкарларын түсиндирди. Жолларда ҳәрекет қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етпеў ақыбетинде жүз беретуғын бахытсыз ҳәдийселер ҳаққында айтар екен, оған байланыслы нызамшылықта белгиленген жуўапкершилик мәселелери жөнинде де жасларға түсиник берилди. Райса Бекмуратова Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы
Судта тәреплер жарасты
