Бүгин Нөкис районы Руўхый-ағартыўшылық сарайында «Басшы ҳәм жаслар ушырасыўы» болып өтти.
Ушырасыўға район ҳәкими З.Зайтов ҳәм сектор басшылары қатнасты. Илаж даўамында район ҳәкими З.Зайтов шығып сөйлеп, мәмлекетимиз тәрепинен жасларымызға қаратылып атырған итибар, олардың ҳәр тәреплеме билимли, зийрек ҳәм бахытлы болып камал табыўлары ушын жаратылған имканиятлардан мақсетли пайдаланыў кереклигин атап өтти. Тийкарынан ашық сәўбетлесиў формасында болып өткен ушырасыўда бир қатар жаслар өзлериниң пикир-усыныслары менен қатнасты.
Жаслар тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар сектор басшылары тәрепинен мақулланып, анық ўазыйпалар белгилеп алынды.