Бүгин, Нөкис районындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық сарайында район ҳәкимлиги тәрепинен «Үш әўлад ушырасыўы» илажы шөлкемлестирилди. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри мәсләҳәтшиси, полковник О.Турдақов, напақадағы полковник А.Темирханов, Ветеранлар кеңеси баслығы Ф.Санкибаев, Ишки ислер министрлиги руўхый-ағартыўшылық ҳәм кадрлар менен тәмийинлеў хызмети баслығының орынбасары, подполковник А. Маджидов ҳәм жаслар мирәт етилди.
Ушырасыўды район ҳәкими З.Зайтов ашып берип, елимиздиӊ раўажланыўына мүнәсип үлесин қосып киятырған бир топар ветеранлар ҳәм тараў ўәкиллериниӊ үлгили ислерин айрықша тилге алды. Соның менен бирге нураныйлар сөзге шығып, үлкен өмири ҳәм мийнет искерлиги даўамында топлаған бай тәжирийбеси, жаслық дәўириндеги өзине сай қыйыншылықлар, ҳәзирги ўақытта нураныйларға көрсетилип атырған ҳүрмет-иззет ҳаққында өзлериниң кеўилден шыққан пикирлерин билдирди.
Бүгинги еркин ҳәм абат жәмийетимиз,пәраўан турмысымыз, булардың бәри мәмлекетимиз басшысы тәрепинен әмелге асырылып атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўлар нәтийжеси екенлиги атап өтилди. Илаж даўамында районлық Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы усынылды. Әлбетте, бундай илажлар жасларымыздыӊ ҳәр тәреплеме жетик инсан болып жетилисиўине, мийнет нураныйларыныӊ турмыс мектеби менен жақыннан таныс болыўына хызмет етеди.