Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы жаслар менен ушырасты

Бүгин Жынаят ислери бойынша суды баслығы А.Сейтанов Нөкис районы «Саманбай» аӯыл пуқаралар жыйыны  аймақларында жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыӯ темасы бойынша сәӯбет өткерди. Бул үзликсиз өткерилип атырған ҳуқықбузарлықлар профилактикасының тийкарғы ўазыйпалары шахстың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери қорғалыўын тәмийнлеў, жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын өсириў, нызамшылықты беккемлеў, ҳуқықбузарлықлардың болыўының себеплерин ҳәм оларға имкан берип атырған шараятларды үйрениў, сапластырыў шараларын көриў, ҳуқықбузарлықтан жәбирлениўшилерди, ҳуқықбузарлық ислеўге мейил болған, ҳуқықбузарлық ислеген, сондай-ақ, алдын судланған ҳәм азатлықтан айырыў орынларынан азат етилген шахсларды жәмийетлик реабилитация қылыў ҳәм жәмийетлик масластырыў, физикалық шахслардың ҳуқықбузарлықтан жәбирлениўшиге айланыўы қәўпин кемейтириў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасын тиккелей әмелге асырыўшы ҳәм қатнасыўшы органлар ҳәмде шөлкемлер хызметин өз-ара бирге ислесиўди тәмийинлеў ҳәм олардың хызметин муўапықластырыўдан ибаратлығын атап өтти.   Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы  А.Сейтанов

Skip to content