Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги сексен тоғызыншы сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы З.Зайтов басқарып барды.
Биринши мәселе Нөкис районы “Ҳаяллар фонды” қаржыларын жумсаў бойынша Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Уббиеваның есабаты тыӊланды.
Екинши мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-июль күнги “Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларын тән алыў ҳаққында”ғы 119-санлы Пәрманы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң 2023-жыл 5-август күнги 346/XLV- санлы қарарының Нөкис районында орынланыўы ҳаққында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Нөкис районы филиалы баслығы Б.Джумамуратовтың мәлимлемеси тыӊланды.
Үшинши мәселе Нөкис районындағы фермер хожалықлары жер майданларын мониторинг үйрениў нәтийжелери ҳаққында Нөкис районы ҳәкиминиң биринши орынбасары О.Камаловтың мәлимлемеси тыӊланды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.




