Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги сексен тоғызыншы сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы З.Зайтов басқарып барды.
Биринши мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў өткериў бойынша округ сайлаў комиссисы ағзалығына Нөкис районынан талабанларды усыныў ҳаққында Халық депутатлары районлық Кеңесиниң суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясы баслығы М.Бегдуллаевтың мағлыўматы тыӊланды.
Екинши мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2024-жыл июль айы даўамында райондағы ҳәким жәрдемшилериниң жумысларын үйрениў нәтийжелери ҳаққында Нөкис районы Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулмановтың мәлимлемеси тыӊланды.
Үшинши мәселе Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен 2024-жылдың январь-июль айлары даўамында айрықша жағдайлардың, өрт қәуипсизлигиниң алдын алыў бойынша әмелге асырылған жумыслары ҳәм 2024-2025-жыллар даўамында гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәм алдағы белгиленген ўәзыйпалар ҳаққында Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими баслығы А.Бекмуратовтың есабаты тыӊланды.
Төртинши мәселе Нөкис районы фермер хожалығы жер майданларын мониторинг үйрениў нәтийжелери ҳаққында Нөкис районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары И.Отеповтың баянаты тыңланды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди




