Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық сарайында 21-октябрь «Өзбек тил ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының қабыл етилгенлигине 35 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Салтанатлы байрам кешесинде, район ҳәкими З.Зайтов шығып сөйлеп, жыйналғанларды бүгинги байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм ҳәзирги күнде мәмлекетлик тил турмысымыздың барлық тараўларында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, илим, тәлим-тәрбия, медицина, мәденият ҳәм көркем-өнер тараўларында кең қолланылыўы ҳәм оның дүнья жәмийетинде тутқан орны ҳәм әҳмийети ҳаққында айтып өтти.
Ҳақыйқатында да тил инсанды инсан етип қәлиплестирген, руў ҳәм қәўимлерге бирлестирген, руўхый кәмилликке жетеклейтуғын теңи-тайы жоқ байлық, адамлар арасындағы ең әҳмийетли қатнас қуралы болып табылады.
Байрам илажы районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.




