Елимизде аўыл хожалығы өнимлериниң экспорт потенциалын арттырыў перспективалары

Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлигниң мәжилислер залында «Елимизде аўыл хожалығы өнимлериниң экспорт потенциалын арттырыў перспективалары» атамасында экспортшы кәрхана ўәкиллери ҳәм исбилерменлер қатнасыўында ашық сәўбет болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги директор орынбасары У.Юнусов, район ҳәкиминиң орынбасары И.Өтепов ҳәм тараў ўәкиллери, аўыл хожалығы экпорты менен шуғылланыўшы кәрхана басшылары, дийқан-фермерлер ҳәм исбилерменлер қатнасты. Илажды өткериўден мақсет аўыл хожалығы өнимлерин экспорт қылыўшы исбилерменлик субъектлерин мәмлекетимиз тәрепинен белгилеп берилген жеңилликлер ҳәм қолайлықлар менен таныстырыў, машқала ҳәм тосқынлықларды анықлаў ҳәм шешиў, олардың усыныс ҳәм пикирлерин еситиў, соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин жетистириўши, ислеп шығарыўшы ҳәм оларды экспорт қылыўшы исбилерменлер менен өткерилген сәўбетинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў шара-илажлары ҳаққында»ғы 146-санлы Президент қарары ҳәм Министрлер Кабинетиниң 107-санлы «Республикада мийўе-палыз өнимлери экспортын тәртипке салыў шара-илажлары ҳаққында”ғы қарарларының мазмун-мәнисин түсиндириўден ибарат. Илажда сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 29-февральдағы “Республикада мийўе-палыз өнимлериниң экспортын тәртипке салыў илажлары ҳаққында”ғы қарарында белгиленген мийўе-палыз өнимлериниң экспорт баҳаларын жасалма түрде төменлетиў жағдайларының алдын алыў, мийўе-палыз өнимлерин жетистириў ҳәм оларды экспорт қылыўда Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң “Agroko‘makchi” мобил қосымшасында жаратылған қолайлықлар ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында мағлыўматлар берилип, қадағалаў уйымларының қәниге хызметкерлери тәрепинен мийўе-овош ҳәм азық-аўқат өнимлерин экспорт етиўдеги талаплар өз бағдарлары бойынша түсиндирилди, атап айтқанда, мийўе-овош ҳәм азық-аўқат өнимлерин экспорт қылыўда олардың қадақлаўына, сапасына ҳәм калибрленетуғынына айрықша тоқтап өтилди. Экспортёрлар тәрепинен мийўе-палыз ҳәм азық-аўқат өнимлерин экспорт қылыўдағы машқалалары тыңланып, тараў қәнигелери тәрепинен өз бағдарлары бойынша берилген сораўларға жуўап берилди ҳәм қосымша усыныслар берилди.

Skip to content